Буннан алдын ҳеш кимге видео арқалы муражаат кылмағанман, сонлықтан ҳазир өзимниӊ нарийзалығымды қағазға түсирип усылай итибарыӊызға жеткизбекшимен.

2022 жыл 28 октябрь күни ДУК «АРАЛ АРТЕМИЯ САНОАТИ» хызметкерлерине қарата жынаят иси қозғатылды.

Сол ДУК «АРАЛ АРТЕМИЯ САНОАТИ»да мениӊ күйеўим Кемалатдинов Руфат Даулетбаевич          2021-жылдыӊ сентябрь айынан баслап баслықтыӊ орынбасары лаӱазымында жумыс ислеп келген.

2002 жыл 04 октябрьден 2022 жыл           30 ноябрьге шекем яғный 1 ярым ай даўамында сол ДУК «АРАЛ АРТЕМИЯ САНОАТИ»ныӊ баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшысы болып жумыс ислеген.

Усы козғатылған жынаят иси бойынша 2022 жылдыӊ 09 декабрь куни мениӊ күйеўим Кемалатдинов Руфат Даулетбаевич иске гумандар сыпатында қатнастырылып, сол күнниӊ өзиндақ қамаққа алынған хам усы кунге дейин камакта сакланбақта.

Сол жынаят иси 5 ай даӱамында тергеӱши Ашуров Феруз қолларында услап отырып – 2023 жыл 28 март күни  жынаят исин тамамлап исти Судқа жиберди.

ӨзР ЖПКниӊ талабы бойынша жынаят иси тамамланғанынан соӊ 5 күн ишинде прокурор тарепинен айыплаӱ жуӱмақ тастыйықланып, судқа жиберилиӱи керек.  Бирақ, тергеӱши Ф.Ашуров усы жынаят исин 2 ай даӱамында нызамсыз услап отырып, 2 айдан соӊ яғный май айында судқа қарап шығыӱ ушын өткизген.

Егер сол жынаят иси 2023 жыл 28 март күни тамамланған болса арадан мине 8 ай өтти, бирақ куйеӱим Кемалатдинов Руфат 11 айдан берли еле қамақта сақланбақта. Усы күнге дейин оған қарата я ақлаӱ яки айыплаӱ ҳүкими еле шықпады.

Бул жерде кимниӊ қатеси ямаса кимниӊ себеби менен нызамда көрсетилген мүддетлер бузылып атыр?

Жоқарыдағы көрсетилген жынаят иси бойынша тергеӱ ҳәрекетлери тамамланған күнниӊ ертеси күни, яғный 2023-жыл          29-март күни куйеӱиме қарата және екинши ис қозғатылғанлығынан хабардар болдық.

Сол екинши истиде тергеӱши Ф.Ашуров 5 ай даӱамында тергеп, тергеӱди 2023 жыл 24 октябрь күни тамамлады, бирақ усы күнге шекем усы дело бойынша таныстырмады ямаса делодан көширме алыӱга рухсат бермеди. Буннан кейин дело жуӱмақланғанынан соӊ жоқары турыӱшы прокурорға айыплаӱ жуӱмақты тастыйықлаӱ ушын жиберилиӱи керек еди. Бирақ тергеӱши Ф.Ашуров деген не себептен нызам талапларын қопал турде бузып исти судқа асырмастан астына басып отырыпты.      Не себептен бундай қылып отырыпты? Оныӊ ҳәрекетлерин қалай түсинсек болады? Ф.Ашуровтыӊ нийети инсанныӊ ҳуқықларын бузып оған қарата азап бериӱме?

Буннан тысқары еӊ қызығы бүгинге келип күйеӱиме қарата үшинши ис қозғатылғанлығынан хабар таптык. Кызыгы сонда бир мекеме, бир ҳалат, бир даӱир бойынша исти үшке бөлип тергеӱ қылыӱдан мақсети неден ибарат екенлиги түсиниксиз. Тергеӱшиниӊ ҳәрекети қайсы нызамға туӱры келеди?

Мениӊ күйеӱим Р.Кемалатдинов сол мекемеде бары жоғы 1 ай ақ баслық болып жумыс иследи. Бирақ оны 11 айдан берли қамаққа тығып қойыпты. Тергеӱшиниӊ күйеӱиме қарата қандайда бир қасты барма ҳеш түсинибедик. Тергеӱшиниӊ ҳәрекетлери қайсы нызамға туӱры келеди?

Соныӊ менен бирге мениӊ күйеӱим 1 жылға жақын қамалып жатқаны менен оныӊ қарсысындағы жынаят иси бойынша тергеӱши тәрепинен мақбул дәлил усынылмады. Атап айтқанда дәслепки тергеӱ ӱактында тергеӱши Ф.Ашуров бир неше адамлардан көрсетпелер алып, олардыӊ берген көрсетпелерин дәлил сыпатында айыплаӱ жуӱмақта көрсеткен. Бирақ суд процесинде сол адамлар өзлериниӊ тергеӱде берген қорсетпелерин бийкар етип, көпшилиги «бизлер ондай көрсетпе бермедик, ондай ӱақыя болмады, бизлер тергеӱшиниӊ айтыӱы бойынша жаздық» деп көрсетпелерин берди.

Сондай ақ бир суд процессинде жане бир гуӱа өзиниӊ дәслепки тергеӱде берген көрсетпелерин бийкар етип судта өзиниӊ хақыйқый корсетпелерин берип процесстен шыққанынан соӊ оны ИИБ оператив ӱакиллери Дамас автомашинасында келип, «сени тергеӱши Ф.Ашуров шақырып атыр деп» ҳәммениӊ көзинше алып кетти.

Бундай жағдайлар ҳар суд процесси тамам болғанынан соӊ тәкирирланып турды, яғный қайсы гуӱа суд процессине келип ҳақыйқатты айтып, тергеӱдеги көрсетпелеринен басқаша көрсетпе берсе, хәр дайым олардыда дарриӱ прокуратураға шақырып 4-5 саат отырғызып қойды.

Соныӊ менен бирге тергеӱши тәрепинен усы жынаят иси бойынша усынылған суд комиссион экспертизасы жуӱмағы бар. Сол экспертиза жуӱмағына қарағанда 1 қалтаға 37 кг 347 грамм циста артемия сыяды деп көрсетилген. Бирақ 2023 жыл 07 ноябрь күни судта гуӱа сыпатында соралған ДУК «АРТЕМИЯ саноати» бас есапшы келип көрсетпе бергенинде «ҳәзирги ӱақытта ҳар қалта циста артемияны 32 кг нан есаплап реализация қылынып атыр» деп айтып корсетпе берди.

2021-2022-жылда ДУК «АРТЕМИЯ саноати» ҳар қалтаны 32 кг нан есаплап циста артемияны фирмаларға сатқан.

Ал 2022-2023 жылда болса ҳар қалтаға 35 кг нан есаплап циста артемияны фирмаларға сатқан.

Бирақ мениӊ күйеӱим Р.Кемалатдиновқа айып бойынша сен талан тараж қылғансан, яғный сен ҳар қалта циста артемияны 37 кг 347 граммнан есаплап сатыӱыӊ керек еди деп, бир нешше миллиардлық зыянды мойнына тийкарсыз ҳам нызамсыз қойып атыр.

Сонын ушында куйеӱим 1 жылдан берли конкрет айыпсыз бола тура тийкарсыз қамақта сақланып атыр.

Бул тергеӱшиниӊ нызамсыз ҳәрекетлери үстинен жоқары турыӱшы яки қадағалаӱшы органлар барме екен өзи?

Мениӊ жоқарыда көрсетип өткен ҳәр бир айтқанларымды бирме бир тексерип үйренип шыксаӊыз тергеӱши Ф.Ашуровтыӊ бир неше нызамсыз ҳәрекетлер қылып келгенлиги белгили болады.

Мениӊ күйеўим Кемалатдинов Руфат Даулетбаевич 3 жынаят исиниӊ қайсы эпизодында айыбы бар екенлигинен, қайсы шартнамада ҳәм басқа хүжжетлерде қолы бар екенлигинен, қойылып атырған айыпларға усы күнге шекем ҳеш түсинип жетпедик.

Бул жоқарыдағы тергеўши Ф.Ашуровтыӊ нызамсыз ҳәрекетлеринен нарийза болып бир неше мәрте жоқары турыўшы ҳуқық қорғаў уйымларына атап айтканда                     Ген. прокуратураға, Омбудсманға, ДХХ ғада арза менен мүражаат еттик. Бирақта бул арзаларымыз ӊатийжесиз қалмақта. Буннан тысқары жоқарыдағы нызам бузыўшылык жағдайлары корсетилип бир неше мәрте судқа да илтимаснамалар киритилип атырылыпты, бул илтимасларымызда қанаатландырылмастан келинбекте.

Мине күйеўим нызамсыз түрде қамақта сақланып атырғанынада 11 айдан коп ӱақыт  болды. Жазбаған жеримиз қалмады. Нәтийжеси жоқ. Ендиги үмитим Сизден, усы жынаят исин жеке қадағалаўға алыўыӊызды, тергеўши Ф.Ашуровтыӊ ҳарекетине ҳуқықый баҳа бериўиӊизди сораймыз.

Тафсия қилинганлар