Пуқаралардың мийнет етиў ҳуқықы нызам қорғаўында
Жаңа редакциядағы Мийнет кодекси 7 бөлим, 34 бап ҳәм 581 статьядан ибарат. “Өзбекстан Республикасының Мийнет кодексин тастыйықлаў ҳаққында”ғы Нызам (ЎРҚ-798) Президентимиз тәрепинен 2022-жыл 28-октябрь күни имзаланды. Жаңа кодекс жәрияланған күннен баслап 6 ай өтип, яғный 2023-жыл 30-апрельден күшке кирди ҳәм жәмийетимизде мийнет қатнасықлары менен байланыслы мүнәсебетлерди ҳуқықый тәртипке салыўда гиреўли орын ийелеп, сол қатары пуқараларымыздың мийнет етиў ҳуқықларын қорғап келмекте. Мәселен, пуқара А.Ж.ның жуўапкер Басқармаға қарата буйрықты бийкар етиў, жумысқа тиклеў, мәжбүрий бос жүрген күнлери ушын ис ҳақы ҳәм руўхый зыян өндириў ҳаққындағы даўа арзасы пуқаралық ислери бойынша районлараралық судының шешиўши қарары менен қысман қанаатландырылып, А.Ж.ны өз лаўазымына жумысқа тиклеў, мәжбүрий бос жүрген күнлери ушын ис ҳақыларын, руўхый зыян ушын компенсация пулларын өндириў белгиленген. Анықланған ҳалатларға қарағанда, пуқара А.Ж. Басқармада жумыс ислеп келип, Басқарма баслығының 2024-жыл 20-сентябрь күнги 2-санлы буйрығы менен оның менен дүзилген мийнет шәртнамасы мийнет миннетлемелерин бир мәрте қопал рәўиште бузғанлығы ушын Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 161-статьясы 2-бөлиминиң 5-бәнтине тийкар бийкар етилген. Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 314-статьясы 1-бөлимине көре, интизамий жаза интизамий ҳәрекет анықланғанынан кейин дәрҳал, бирақ анықланған күннен баслап бир айдан кешиктирмей қолланылады, бунда хызметкер ўақтынша жумысқа жарамсыз болған ямаса мийнет дем алысында болған дәўир есапқа алынбайды. Хызмет тексериўи нәтийжелери ҳаққындағы акт комиссия тәрепинен қол қойылған күн хызмет тексериўи нәтийжелери бойынша анықланған интизамий ҳәрекет анықланған күн деп есапланады. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумның 2023-жыл 20-ноябрьдеги 26-санлы “Судлар тәрепинен мийнет шәртнамасын бийкар қылыўды тәртипке салыўшы нызамшылықты қоллаў әмелияты ҳаққында”ғы Қарарының 34-бәнти 1 ҳәм 5-хатбасыларына муўапық, Мийнет кодексиниң 161-статьясы екинши бөлиминиң 4 яки 5-бәнтлерине тийкар мийнет шәртнамасы бийкар қылыныўының нызамлылығы мәселесин додалаўда судлар жумыс бериўши тәрепинен интизамий жаза қоллаў ушын белгиленген мүддетлерге әмел қылынғанын анықлайды. Бунда соны нәзерде тутыў лазым, Мийнет кодексиниң 161-статьясы екинши бөлиминиң 4 яки 5-бәнтлери бойынша мийнет шәртнамасы бийкар қылыныўына интизамий жазалар қоллаў ушын белгиленген мүддетлер өткен соң, жол қойылмайды. Басқарманың жоқары турыўшы уйымының 2024-жыл 2-август күнги 1-санлы буйрығына тийкар хызметкер А.Ж.ның жумыс нәтийжелилиги көрсеткиши (KPI) июль айы жуўмағы менен белгиленгенинен пәс болғанлығы себепли мийнет шәртнамасын бийкарлаў интизамий жаза шарасын қоллаў көрсетилген. Усы буйрыққа тийкар Басқарма баслығы тәрепинен А.Ж. менен дүзилген мийнет шәртнамасын жумыс бериўшиниң басламасы менен бийкарлаўға разылық бериўди сорап кәсиплик аўқамы комитетине киритилген дәслепки усынысына разылық берилмеген. Буннан соң Басқарма баслығы тәрепинен А.Ж. менен дүзилген мийнет шәртнамасын жумыс бериўшиниң басламасы менен бийкарлаўға разылық бериўди сорап кәсиплик аўқамы комитетине 2024-жыл 27-август күни тәкирар усыныс киритилген. Бул усыныс кәсиплик аўқамы комитетиниң 2024-жыл 5-сентябрьдеги мәжилисинде көрип шығылып, А.Ж. менен дүзилген мийнет шәртнамасын жумыс бериўшиниң басламасы менен бийкарлаўға разылық берилген. Жумыс бериўши тәрепинен даўагер А.Ж.ның 2024-жыл июль айы жуўмағы бойынша өз жумысында жол қойған қәте-кемшилиги Басқарманың жоқары турыўшы уйымының 2024-жыл 2-август күнги 1-санлы буйрығы менен анықланған ўақыттан баслап Мийнет кодексинде интизамий жаза қоллаў ушын белгиленген бир айлық мүддет өткеннен соң, интизамий жаза сыпатында оның менен дүзилген мийнет шәртнамасы 2024-жыл 20-сентябрьде бийкар етилген. Жоқарыдағы жағдайларда жумыс бериўши Басқарма тәрепинен мийнет нызамшылығының бузылыўына жол қойылған. Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 174-статьясы 2-бөлимине тийкар, өзи менен мийнет шәртнамасы нызамға қайшы рәўиште бийкар етилген хызметкердиң оған алдынғы жумысы усынылыўы ҳәмде өзине жеткизилген материаллық зыянның орнын қаплаў ҳәм руўхый зыянды компенсация қылыў ҳаққындағы талаплары қанаатландырылыўы лазым. Жоқарыдағы мысалда келтирилгениндей унамсыз жағдайлардың алдын алыў мақсетинде ҳәр бир жумыс бериўшини хызметкерлердиң мийнет ҳуқықы саласындағы нызамшылыққа әмел етиўге шақыраман.
Еркин УТЕНИЯЗОВ, Қарақалапақстан Республикасы судының пуқаралық ислери бойынша судьясы