Кредит шәртнамаларының экономикалық судларда көрип шығылыўы менен байланыслы мәселелер.

Бүгинги күнде банклер ҳәм финанслық институтлар тәрепинен юридикалық ҳәм физикалық тәреплерге кредитлер бериў әмелияты кең тарқалған. Кредит шәртнамалары – еки тәреплеме ҳуқықый миннетлемелерди белгилеўши тийкарғы ҳүжжетлерден есапланады. Бирақ, әмелиятта бул шәртнамалар бойынша тартыслар келип шығыўы ҳәм олар экономикалық судларда көрип шығылыў жағдайлары көплеп ушыраспақта. Кредит шәртнамаларын ҳуқықый жақтан көрип шығатуғын болсақ, кредит шәртнамасы пуқаралық нызамның арнаўлы түри болып, банк ҳәм қарыз алыўшы арасында дүзиледи. Онда кредит муғдары, пайыз ставкалары, қайтарыў мүддетлери ҳәм шәртлери анық көрсетиледи. Нызам бузылыў жағдайлары – тийкарғы тартыс дереги болып табылады. Кредит шәртнамалары бойынша қарама-қарсылықлар тек юридикалық тәреплер ҳәм исбилерменлик субъектлери арасында пайда болғанда ғана экономикалық суд юрисдикциясына киреди. Физикалық тәреплер менен байланыслы тартыслар әдетте пуқаралық судлар тәрепинен көриледи. Бирақ, айырым жағдайларда экономикалық судларға да тийисли болыўы мүмкин (мәселен, исбилерменлик субъектлери қатнасқанда).

Кредит шартнамасы — бул банк пенен қарыйдар арасындағы рәсмий келисим болып, онда кредит суммасы, процент муғдары, қайтарыў мүддети ҳәм басқа да әхмийетли шәртлер белгиленеди. Айырым жағдайларда, шәртнамалар соншелли қурамалы жазылады, қарыз алыўшы оның барлық бәнтлерин түсинип те жетпейди. Сонлықтан, кейин ала «мен бул ҳаққында билмеген едим» деген наразылықлар судда нәтийже бермейди.

Экономикалық суд – кимлер ушын? Дегенге анықлық киргизип өтетуғын болсақ, юридикалық тәреплер (яғный, кәрханалар, шөлкемлер) ҳәм исбилерменлик хызмети менен шуғылланыўшы шахслар арасындағы кредит тартыслары экономикалық судлар тәрепинен көриледи. Егер кредит жеке зәрүрлик ушын алынған болса, мәселен, жай ямаса машина сатып алыў мақсетинде – онда бундай тартыслар пуқаралық судлары ықтыярында қалады. Наразылықлар көбинесе қарыз төлемлери өз ўақтында әмелге асырылмаса, процентлер ҳәм пенялар артық есапланса, гиреў сыпатында қойылғган мүлк баҳасы тартыслы есапланса, кепиллик бериў шәртлери жетерли анықланбаса келип шығады. Айырым жағдайларда суд қарыйдар пайдасына қарар шығарады. Әсиресе, әмелиятта көп жағдайларда банклер судда утады. Себеби, олардың ҳуқықый ҳүжжетлери пуқта таярланған болады. Усындай жағдайларда финанслық тартысларға дус келмеў ушын төмендегилерге итибар бериў усыныс етиледи. Яғный, бириншиден, шәртнамаға қол қоймастан алдын оны жақсылап үйрениў, юрист жәрдеминде тийкарғы бәнтлерди анализлеў, қарыз төлемлерин өз ўақтында әмелге асырыў, егер наразылық болса дәслеп банк пенен сөйлесип алыў, керек болса судқа мүрәжат етиў керек.

Кредит шәртнамаларын дүзиўде стандарт ҳәм әдил критерияларды енгизиў, суд әмелиятында бирдей көзқарасты тәмийинлеў ушын қолланбалар ислеп шығыў, билимлендириў ҳәм ғалаба хабар қураллары арқалы қарыз алыўшылардың ҳуқықый саўатлылығын арттырыў тийис.

Кредит шәртнамалары артында қатаң ҳуқықый жуўапкершилик турады. Қаржы институтлары өз мәплерин қорғаўға таяр болғаны сыяқлы, қарыйдарлар да өз ҳуқықларын билиўи ҳәм қорғаўды үйрениўи керек. Тартыслардың алдын алыў — ҳуқықый сана ҳәм финанслық тәртип арқалы әмелге асады.

Гүлмира АРЗИЕВА, Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы

Тафсия қилинганлар

Ўзбекистон Республикаси Бош прокуратурасига Ўзбекистон Республикаси Ички ишлар вазирлигига МИННАТДОРЧИЛИК «ANTIKORRUPSIYA» каналида «КЎЧМАС МУЛК КЎЧКАНИДА, ҲАҚИҚАТ ЎЧАДИ» рубрикасида «Ҳокимликдаги марҳумларнинг комиссияси», «Марҳумлар орқали тирикларни ҳуқуқдан маҳрум қилиш йўли», «Ёлғонлар ғолиб бўлди, ҳақиқат ғариб бўлди», «ЁЛҒОН ҲАҚИҚАТнинг устига минди» деб номланган серияли мақолалар эълон қилинган эди. Очиғи, бу қойдабузарликлар анча-мунча лавозимдаги, гуруҳдаги шахсларнинг қӱлидан келмаса керак. «Ҳақиқат эгилади, синмайди» деганидек, Нукус шаҳри, «Алмазар» МФЙ, 25-кичик туман, 164/1-уйнинг эгаси Сарсенбаева Гулайшанинг эри Аймбетов Тажетдин Ўзбекистон Республикаси Бош прокуратураси, Коррупцияга қарши курашиш агентлиги қабулларига кириб, кейинчалик Қорақалпоғистон Республикаси прокурори номига такрор аризалар ёзганидан сӱнг, ҳурматли Президентимизнинг мурожаатларга нисбатан масъулиятни оширишга топшириғининг таъсирими, энди бошқача ёндашув бўлди.

СОХТА ҲУЖЖАТНИНГ 8 ЙИЛЛИК САРГАЗДОНЛИГИ Ерниязов Султанияз Ажиниязович 2003 йил апрелдан 2004 йил апрелга қадар Қорақалпоғистонда бўлмагани, ҳарбий хизматда эканлиги Қорақолпоғистон Республикаси мудофа ишлари бошқармасининг QK 0090319-сонли ҳарбий гувоҳномаси билан тасдиқланган. Шу даврда Нукус шаҳар ҳокимлигига тан бӱлган тасодиф юз беради. Унинг номига 2003 йил 29 декабрдаги 193/12-4-сонли ҳоким қарорининг 46-банди билан исмини янглишиб «Ерниязов Султамурат» деб ёзиб, хусусий турар жой қуриш учун Нукус шаҳри, Ақмангит гузори 3-ер ўрни ажратилган. Бундан ӱзининг вақтида хабари бӱлмаган. Сабаби, ҳокимиятга ер ӱрни сўраб ариза ҳам бермаган, тегишли тўловларни ҳам тўламаган. 23 йилдан буён на ариза, на тӱлов квитанциялари топилса. Кейин Нукус шаҳар ҳокимининг 2009 йил 11 май кунги №68/5-1-сонли қарорининг 27-банди билан муддати ўтиб кетганлиги сабабли 2003 йил 29 декабрдаги 193/12-4-сонли қарорининг 46-банди бекор қилиниб, ажратилган ер ўрни шаҳар заҳира ер фондига қайтариб олинган.